Мәхпийлик сиясаты
Жаңаланған: 11.09.2026
1. Улыўма
Makler Nukus (makler-nukus.uz сайты ҳәм оның мобил қолланбасы) Нөкис ҳәм Қарақалпақстан бойынша үй-жай жарнамалары каталогы. Бул ҳүжжет биз қандай мағлыўматларды жыйнайтуғынымызды ҳәм оларды қалай пайдаланатуғынымызды түсиндиреди.
2. Қандай мағлыўматлар жыйналады
• Telegram арқалы кириўде: Telegram ID, атыңыз, username ҳәм профиль сүўрети.
• Жарнама жайластырғанда: телефон номери, мәнзил, сүўретлер ҳәм сиз киритген объект мағлыўматлары. Бул мағлыўматлар сайтта ашық көрсетиледи.
• Техникалық мағлыўматлар: IP мәнзил, қурылма ҳәм браузер түри, көрилген бетлер (статистика ушын).
• Орналасыў (геолокация): тек сиз рухсат берген ҳәм «Мен турған жер» түймесин басқан жағдайда, картада объект орнын белгилеў ушын.
3. Мағлыўматлар не ушын пайдаланылады
Жарнамаларды жәриялаў ҳәм модерациялаў, сатыўшы менен сатып алыўшыны байланыстырыў, сақланған жарнамалар ҳәм хабарларды сақлаў, қолланбаны жақсылаў ушын статистика.
4. Үшинши тәреплер
Мағлыўматлар үшинши тәреплерге сатылмайды. Кириў ушын Telegram, карта ушын OpenStreetMap хызметлеринен пайдаланылады. Телефон номериңиз жарнамада ашық көрсетиледи — оны сиз өзиңиз киритесиз.
5. Сақлаў ҳәм өшириў
Жарнама ҳәм профиль мағлыўматлары сиз оларды өширгенше сақланады. Аккаунтты ҳәм барлық мағлыўматларды өшириў ушын төмендеги байланысларға хабар жибериң — сораў 7 күн ишинде орынланады.